Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 24-сентябрьдеги 605-санлы қарары тийкарында Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң ижара ҳуқықы тийкарында жасап атырған студентлерине айлық ижара төлеминиң бир бөлегин Мәмлекетлик бюджет есабынан төлеп бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.Режеге муўапық, ижара ҳуқықы тийкарында жасап атырған студентлердиң айлық ижара төлеминиң бир бөлегин төлеп бериў мәмлекетлик салық хызмети уйымлары тәрепинен есапқа алынған көшпес мүлк ижара шәртнамасына муўапық ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын арза бериўшилерге енгизиледи.
Дизимге алынған турақлы жасаў орны шеңберинде (район, қала көлеминде) арза бериўшилерге айлық ижара төлеминиң бир бөлегин төлеп бериў әмелге асырылмайды.
Бир турақ жайда еки ҳәм оннан аслам студент ижара ҳуқықы тийкарында жасаған жағдайларда олардың барлығы ижара шәртнамасында дизимге алынған болыўы шәрт.
Усы тәртип мәмлекетлик жоқары оқыў орнының тек ғана күндизги билимлендириў формасында оқып, ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын студентлерине енгизиледи.
Бунда арза бериўши тийисли мағлыўмат ямаса ҳүжжетлерди өзи оқып атырған факультет деканының жаслар менен ислесиў бойынша орынбасары ямаса жоқары оқыў орнының студентлер турақ жайы менен тәмийинлеў жумысларын муўапықластырыўшы бөлимине тапсырады.
Жуўапкерлер 1 ҳәпте даўамында арза бериўши мағлыўматларының социаллық өлшемлерге муўапықлылығын үйренеди.
Соң мағлыўматларды улыўмаластырып, көрип шығыў ҳәм жуўмақ шығарыў ушын гезектеги ҳәптениң биринши күнинде талабанларды сайлап алыў комиссиясына усынады.
Комиссия бир жумыс күнинде талабанлар ҳаққындағы мағлыўматларды үйренип шығып, қарар қабыл етеди.
Усы тийкарда мәмлекетлик жоқары оқыў орны ректоры (филиал директоры)ның буйрығы рәсмийлестирилип, арзалары қанаатландырылған талабанлар ҳаққындағы тийисли мағлыўматлар ҳәм олардың дизими төлемлерди әмелге асырыў ушын бухгалтерияға усынылады.
Арзасы унамлы шешилген студентлер ушын ижара төлеминиң бир бөлеги Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан олар арза берген сәнеден баслап төлеп бериледи.
Ижара төлеминиң бир бөлегин төлеп бериў:
- оқыў жылы даўамында (ҳәр жылы 1-сентябрьден 1-июльға шекем) ямаса оқытыў бағдарламасы бойынша оқыў жылының даўамлылығына қарай белгиленеди;
- арза бериўши тәрепинен ҳәр айдың 7-сәнесине шекем арзалар жуўапкерлерге усыныс етилгенинен соң әмелге асырылады.
Усы мүддетлер жуўмақланғаннан соң берилген арзалар көрип шығылмайды.
Еслетип өтемиз, ижара төлеминиң төлеп берилетуғын бөлеги Ташкент қаласында – базалық есаплаў муғдарының 1 есеси, басқа аймақларда – базалық есаплаў муғдарының 0,5 есесинен артып кетпеўи керек.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz