2021-2022-оқыў жылы қабыллаўында бакалавриат тәлим бағдарларына кириў имтиханлары нәтийжелерине муўапық топлаған баллары тастыйықланған төлемли контракт шеңбериндеги қабыллаў параметрлери шегарасына 4,05 баллдан артық жетпеген, 56,7 баллдан кем болмаған ҳалда, қосымша тийкарда оқыў нийетин билдирген абитуриентлердиң биринши оқыў жылы ушын әмелде белгиленген базалық төлемли контракт муғдарларына салыстырғанда еселенген төлемли контракттың минимал муғдарлары тастыйықланды.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң хабар бериўинше, еселенген төлемли контракттиң («супер контракт») минимал муғдарларын есаплаўда 2021-2022-оқыў жылы ушын әмелде белгиленген бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша бир студентти төлемли контракт тийкарында стипендиясыз базалық төлемли контракт бойынша оқытыў баҳасы қолланылыўы ҳәм коронавирус инфекциясына қарсы шаншылған (вакцина алған) абитуриентлерге белгиленген еселенген төлемли контракттың минимал муғдарына 10 процентлик шегирме берилиўи белгиленди.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 22-июньдағы ПҚ-5157-санлы қарарының 7-бәнтине тийкарланып белгиленген тәртипке муўапық, СТУДЕНТЛЕРДИҢ ОҚЫЎЫН КӨШИРИЎ (КӨШИРИП ТИКЛЕЎ), сондай-ақ, абитуриентлерди СЫРТҚЫ ҲӘМ КЕШКИ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ФОРМАСЫНА бакалавриатқа студентликке усыныс етиўде 2021-2022-оқыў жылы ушын тастыйықланған еселенген төлемли контракттың минимал муғдарлары қолланылыўы және коронавирус инфекциясына қарсы шаншылған (вакцина алған) абитуриентлер ҳәм студентлерге еселенген төлемли контракттың минимал муғдарларына бир мәртелик 10 процентлик шегирме бериледи.
«Супер контракт»тиң минимал муғдарлары көрсетилген файлды жүклеп алыў
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz