Telegram karinform

Фоторепортаж

  • 21.03.2025 23:13
  • 72

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

 

Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен белгиленди. Ерте таңнан байрам салтанаты ҳүким сүрип, қала ҳәм аўылларда адамлар бир-бирин қутлықлаўға асықты. Көшелерде миллий нама-қосықлар жаңлап, рәңбәрең липас кийген жаслар бәҳәр байрамының заўқын сезинди.

 

Байрам илажларында миллий үрп-әдетлер көрсетилди, қара үйлерде үлкен дастурханлар жайылып, Наўрыз тағамлары инам етилди. Халық сейиллеринде үлкен-киши ҳәмме қуўаныш пенен қатнасты.

 

Наўрыз инсанларға тек ғана жаңа мәўсим емес, ал жаңа үмит ҳәм жаңа режелерди де алып келеди. Быйылғы байрам да дослық, тилеклеслик ҳәм тынышлық тымсалы сыпатында және бир мәрте ҳәммени бирлестирди. Бәҳәр нәпеси, жасарыў ҳәм жаңаланыў руўхы Наўрыз байрамында өз көринисин тапты.

 

 

 

 

Фотосүўретлер авторы: Ислам Матеков

Social

Усыныс етемиз

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Уқсас жаңалықлар

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

    Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме? Ҳәзирше Наўрыз байрамына қосымша дем алыс

6-январь – Қарақалпақтың туңғыш академиги Марат Нурмухамедов дүньяға келген күн

6-январь – Қарақалпақтың туңғыш академиги Марат Нурмухамедов дүньяға келген күн

    Қарақалпақтың туңғыш академиги, филология илимлериниң докторы, профессор, белгили алым Марат Көптилеўович Нурмухаммедов 1930-жыл 6-январьда Төрткүлде

Белгили художник Базарбай Серекеев үй музейиниӊ ашылыў салтанаты болып өтти (+фоторепортаж)

Белгили художник Базарбай Серекеев үй музейиниӊ ашылыў салтанаты болып өтти (+фоторепортаж)

        Бүгин, усы жылдың 2-декабрь сәнесинде Нөкис қаласы Ақ көл көшесинде Қарақалпақстан халық художниги, Қарақалпақстан Республикасына