Қарақалпақтың туңғыш академиги, филология илимлериниң докторы, профессор, белгили алым Марат Көптилеўович Нурмухаммедов 1930-жыл 6-январьда Төрткүлде дүньяға келген.
Ол 16 жасында орта мектепти, соңынан Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын, соның менен бир ўақытта Хожели педагогика училищесин сырттан оқып питкерди. 20 жасында Москвадағы СССР Илимлер Академиясының шығыстаныў институтының аспирантурасына оқыўға кирип, үш жылдан соң, 1953-жылы «Рус әдебиятының қарақалпақ совет әдебиятының раўажланыўына тәсири» деген темада кандидатлық, кейин ала 1965-жылы докторлық диссертациясын табыслы қорғады. Ол өзиниң айрықша идеялары, пикирлери, практикалық (әмелият) жумыслары менен сол ўақыттағы үлкен елдиң илимий-жәмийетлик турмысына бәрҳа жаңа жаңалықлар киргизип барды.
М.К.Нурмухамедовтың илимий изленислери, филология илиминиң, соның ишинде түркологияның раўажланыўына салмақлы үлес болып қосылды ҳәм бул мийнетлер оған дүнья жүзилик илимий жәмийетшилик арасында жоқары абырой алып келди. Ол Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалы ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының баслығы, Өзбекстан Илимлер Академиясының көп жыллық вице-президенти, СССР Түркология комитети баслығының орынбасары сыяқлы оғада үлкен лаўазымға сайланған Өзбекстаннан шыққан биринши ўәкил, Қарақалпақстан Республикасынан шыққан биринши академик еди.
Өзиниң қысқа өмири даўамында ол жоқары маманлықтағы көп санлы кадрларды таярлаў менен бирге қарақалпақ, өзбек, рус тиллеринде 400 ден аслам монография, китап, сабақлық ҳәм илимий мақалалар жазды ҳәм оның көплеген мийнетлери сол ўақыттың өзинде түркмен, қазақ, украин, инглис, венгер, түрк ҳәм басқа да тиллерге аўдарылды.
1986-жылы 20-июнь күни Марат Нурмухамедов «Түрк фольклоры бойынша III халықаралық Конгресси»не баратырғанда Анкара-Измир автотрассасында автоапатшылыққа ушырап, өмирден биймезгиз көз жумды.
Ол өзиниң қысқа өмири даўамында илим ҳәм билимлендириў тараўында үлкен нәтийжелерге еристи. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, Өзбекстан Республикасының Беруний атындағы, Қарақалпақстан Республикасының Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықларының лауреаты болды.
Академик Марат Көптилеўович Нурмухаммедовтың илимий мийрасы келешек әўладлар ушын баҳалы ғәзийне, оның өмири елимиз жаслары ушын үлги, жарқын естелиги жүрек төримизде мәңги сақланып қалады.
Karinform.uz.