Telegram karinform

Технология

  • 05.10.2021 09:43
  • 1084

«Facebook» ҳәм бирнеше глобаллық социаллық тармақлардың ислемей қалыўы ақыбетинде Цукерберг қанша зыян көргени мәлим етилди

«Facebook» ҳәм бирнеше глобаллық социаллық тармақлардың ислемей қалыўы ақыбетинде Цукерберг қанша зыян көргени мәлим етилди

Кеше, 4-октябрь күни «Facebook», «Instagram», «WhatsApp», «Messenger», «Twitter», «Google» сыяқлы глобаллық тармақлардың жумысларында үзилислер жүзеге келди. Буның ақыбетинде көплеген пайдаланыўшылардың «Telegram», «TikTok», «Вконтакте» тармақларына өтиўи себепли усы социаллық тармақлардың жумысларында да айырым үзилислер бақланды.

«Facebook» басшысы Марк Цукерберг глобаллық үзилислер ушын пайдаланыўшылардан кеширим сорап, «Facebook», «Instagram», «WhatsApp» ҳәм «Messenger» және ислей баслағанын мәлим етти.

- «Facebook», «Instagram», «WhatsApp» ҳәм «Messenger» және онлайнда ислей баслады. Бүгинги үзилислер ушын сизлерден кеширим сорайман: өз жақынларыңыз бенен байланыста болыў ушын бизиң хызметлеримизге қаншелли сүйениўиңизди билемен, - деп жазған Цукерберг «Facebook»та.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, глобаллық үзилислер басланғаннан соң компанияға қараслы болған «Facebook», «Instagram», «WhatsApp» ҳәм бирнеше қосымшалар жети саатқа шекем ислемей қалды. Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, буған программалық тәмийнаттағы жаңаланыўлар себепши болған.

«Forbes» журналының хабар бериўинше, буның ақыбетинде Марк Цукерберг 6,8 миллиард доллар зыян көрген. Солай етип, Цукерберг дүньяның ең бай адамлары рейтингинде 6-орынға түсип кеткен.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.