Бүгин, 5-октябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисти комиссия баслығы З.Низамходжаев басқарып барды.Мәжилис күн тәртибинде сайлаў участкаларында сайлаўшылардың мүддетинен алдын даўыс бериўин шөлкемлестириў, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт еллерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы Улықбек Жалменов және Бухара, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятлары округлик сайлаў комиссиялары баслықларының есаплары тыңланды.
Күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша мүддетинен алдын даўыс бериў процесине таярлық жағдайы, бунда сайлаў участкасының саны, имаратлардың таярлығы, сайлаў үскенелерине болған талап ҳәм үскенелердиң толық жеткерилгенлиги ҳаққында мағлыўматлар берилди. Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 57-статьясына муўапық, сайлаў күни өзиниң жасаў орнында болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықына ийе. Мүддетинен алдын даўыс бериў сайлаўға он күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға үш күн қалғанда жуўмақланады. Мүддетинен алдын даўыс бериўди өткериў ўақты Орайлық сайлаў комиссиясы, ўәлаят, район, қалалық сайлаў комиссиялары тәрепинен белгиленеди ҳәм сайлаўшылардың, бақлаўшылардың итибарына ғалаба хабар қураллары арқалы жеткериледи. Мәжилисте сайлаў участкаларында сайлаўшылардың мүддетинен алдын даўыс бериўи 2021-жыл 14-октябрь күнинен басланып, 20-октябрь күни жуўмағына шекем саат 09:00 ден 19:00 ге шекемги аралықта өткерилиўи атап өтилди.
Мүддетинен алдын даўыс бериўди әмелге асырыў ушын сайлаўшы сайлаў күнинде бола алмаўының себеплери (дем алыс, хызмет сапары, сырт елге шығыў ҳәм т.б.) көрсетилген арза тийкарында тийисли участкалық сайлаў комиссиясынан сайлаў бюллетенин алады ҳәм сайлаў бюллетенин алғаны ҳаққында тийисли участка комиссиясының кеминде еки ағзасы бақлаўында сайлаўшылар дизимине қол қояды.
Сайлаў бюллетени арнаўлы үскенеленген жасырын даўыс бериў кабинасында ямаса бөлмесинде сайлаўшы тәрепинен толтырылады.
Сайлаўшы қарар қабыл етеди ҳәм толтылырған сайлаў бюллетенин жабық конвертте қалдырады, конверт тийисли участкалық сайлаў комиссиясының сейфинде сақланады. Конверттиң желимленген жерине участкалық комиссияның еки ағзасының қолтаңбасы қойылып, олар комиссияның мөри менен тастыйықланады.
Мәжилис күн тәртибине муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт еллерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў мәселесинде 20 дан аслам халықаралық шөлкемлер ҳәм мәмлекетлерден 65 бақлаўшыны аккредитациялаў, сондай-ақ, 81 жергиликли ҳәм 98 сырт елли ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў мәселелери көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етиў ушын Орайлық сайлаў комиссиясы ағзаларына усынылды.
Сондай-ақ, мәжилисте 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы Улықбек Жалменовтың Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша есабы тыңланды.
Атап өтилгениндей, округлик сайлаў комиссиясы жәмийетлик шөлкемлер, өзин-өзи баскарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, кәрхана ҳәм шөлкемлер, жоқары оқыў орынларынан 17 адамнан ибарат қурамда жумыс алып бармақта. 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы 7 адамнан ибарат тәжирийбели журналист ҳәм техникалық хызметкерлерден ибарат болып, зәрүр үскенелер ҳәм техникалар менен тәмийинленип, шараятлар толық жаратылған. Баспасөз орайы Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде турақлы түрде баспасөз конференциялары, брифинглер өткерип, сайлаўға таярлық мапазының ғалаба хабар қуралларында сәўлелениўин тәмийинлемекте. Жергиликли ғалаба хабар қуралларының усыныснамалары тийкарында ҳәзирги ўақытқа шекем 50 ғалаба хабар қуралы ўәкили аккредитациядан өткерилди және 21 журналистти аккредитациядан өткериў бойынша усыныснамалар Орайлық сайлаў комиссиясына жиберилди.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 33-статьясына муўапық, улыўма 5 сиясий партиядан 3280, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан 661 адамнан ибарат бақлаўшылар, сондай-ақ, сиясий партиялардан 3280 адамнан ибарат ўәкилликли ўәкиллер дизимге алынған.
Ҳәзирги ўақытта Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын бақлаў Миссиясы бақлаўшылары Вельмини Фабрицио ҳәм Херольд Якуб округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларында сайлаўға таярлық жумыслары, жаратылған шараятлар менен таныспақта.
Округлик комиссияның тийисли қарарына муўапық, Нөкис қаласы ҳәм 16 район бойынша 656 участкалық сайлаў комиссиясы шөлкемлестирилди және Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 1-Қарақалпақстан сайлаў округи бойынша участкалық сайлаў комиссияларының 8386 ағзасының қурамы тастыйықланды.
Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарына муўапық, сайлаўды коронавирус пандемиясы шараятында өткериўде қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде профилактикалық илажларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша Бухара, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятлары округлик сайлаў комиссиялары баслықларының есаплары да тыңланды.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарлары қабыл етилди.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz