Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ гуманитар илимий-изертлеў институты жанында филология илимлери бойынша илим докторы (DSc) илимий дәрежесин бериўши илимий кеңес дүзилди.Қарақалпақ гуманитар илимий-изертлеў институты жанындағы илимий кеңеске төмендеги қәнигеликлер бойынша диссертациялар қорғаўын өткериўге рухсат берилди:
10.00.03 – «Қарақалпақ тили»;
10.00.08 – «Фольклортаныў».
Илимий кеңес қурамы 10 адамнан ибарат болып, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ гуманитар илимий-изертлеў институты директоры, филология илимлериниң докторы (DSc) Айтмурат Альниязов илимий кеңес баслығы етип белгиленди.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz