Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен Өзбекстандағы барлық аймақлар, район ҳәм қалалардың ҳәкимлери, ҳәким орынбасарларының жумысларын ең әҳмийетли көрсеткишлер (ЭМСК, KPI) тийкарында баҳалаў системасы жолға қойылған.Агентлик тәрепинен 2021-жылдың июнь айы жағдайы бойынша рейтинг нәтийжелери «Argos.uz» порталының «Рейтинг» бөлимине орналастырылды ҳәм жәрияланды.
«Нәтийжелилиги жоқары аймақлар» рейтингинде Наўайы ўәлаяты 87 балл менен 1-орында көрсетилген болса, Сурхандәрья ўәлаяты ең төмен нәтийже – 66 балл менен 14-орынды бәнтлеген. Қарақалпақстан Республикасы бул бойынша 76 балл менен Өзбекстан аймақлары ишинде 10-орында көрсетилген.
«Көрсеткишлери ең жоқары район (қала)лар» рейтинги бойынша Бухара ўәлаятының Қараўылбазар районы 98,2 балл менен 1-орынды ийелеген болса, Өзбекстан бойынша ең жоқары көрсеткишке ерискен улыўма 14 район ишиде 86,9 балл топлаған Қарақалпақстан Республикасының Елликқала районы да усы рейтингнен орын алған.
«Аймақлардағы көрсеткишлери ең төмен район (қала)лар» рейтинги бойынша Өзбекстан бойынша 14 район арасында Қарақалпақстан Республикасының Шоманай районы 69,4 балл менен рейтингниң 6-орнын бәнтлеген.
«Ҳәким орынбасарларының ЭМСК бойынша рейтинги»нде Өзбекстан көлеминде 205 район (қала) ишинде Қарақалпақстан Республикасының:
Әмиўдәрья районы 140,4 балл менен 13-орын;
Елликқала районы 129,0 балл менен 34-орын;
Қанлыкөл районы 126,1 балл менен 39-орын;
Нөкис районы 119,2 балл менен 56-орын;
Беруний районы 114,5 балл менен 71-орын;
Кегейли районы 114,1 балл менен 72-орын;
Тахтакөпир районы 107,4 балл менен 97-орын;
Тақыятас районы 106,9 балл менен 99-орын;
Қоңырат районы 104,1 балл менен 114-орын;
Бозатаў районы 100,0 балл менен 126-орын;
Нөкис қаласы 98,3 балл менен 133-орын;
Хожели районы 96,0 балл менен 148-орын;
Шымбай районы 92,6 балл менен 160-орын;
Төрткүл районы 89,5 балл менен 173-орын;
Мойнақ районы 88,4 балл менен 177-орын;
Шоманай районы 86,1 балл менен 188-орын;
Қараөзек районы 85,7 балл менен 190-орында көрсетилген.
Соның менен бирге, жәрияланған рейтингде ра йон (қала) ҳәкимлериниң «ТОП-20»лығы, район (қала) ҳәкимлериниң «ТӨМЕНГИ-20»лығы да орын алған. Бирақ, бул рейтинглерден Қарақалпақстан Республикасының район (қала)лары орын алмаған.
Агентликтиң түсиник бериўинше, бул рейтинг нәтийжелери 2021-жылдың июнь айы жағдайы бойынша дүзилген болып, үшинши шеректиң нәтийжелери жақын күнлерде жәрияланады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz