Бүгин, 29-октябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.Мәжилиске видеоконференциялық байланыс тәризинде Қарақалпақстан Республикасы, сондай-ақ, ўәлаятлар, Ташкент қалалық округлик сайлаў комиссияларының баслықлары, ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери де қатнасты.
Мәжилисти комиссия баслығы З.Низамходжаев басқарып барды. Комиссия ағзалары 2021-жыл 24-октябрь күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының нәтийжелери ҳаққындағы мәселени көрип шықты.
Атап өтилгениндей, пандемия себепли жүзеге келген қурамалы шараятқа қарамастан, карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда Президент сайлаўында 16 миллионнан аслам ямаса 80,4 процент сайлаўшы өз ерк-ықрарын еркин түрде билдирип, өзи мүнәсип деп есаплаған талабанға даўыс берди.
Президент сайлаўын үлкен қызығыўшылық пенен бақлап ҳәм үйренип барған халықаралық шөлкемлердиң миссиялары, сырт еллердиң мыңға шамалас бақлаўшылары, жүзлеген сырт елли журналистлер тәрепинен елимиздиң сайлаў нызамшылығы және әмелиятында қысқа мүддет ишинде әмелге асырылған әҳмийетли өзгерислер айрықша атап өтилди.
Сайлаў кодексиниң 95-статьясына муўапық, округ бойынша сайлаў нәтийжелери тек ғана участкалық сайлаў комиссияларының усынылған протоколлары тийкарында анықланады. Округлик сайлаў комиссиясы округ бойынша сайлаўшылардың дизимине киргизилген сайлаўшылардың улыўма саны, сайлаў бюллетеньлерин алған сайлаўшылар саны, даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылар саны, ҳәр бир талабанға берилген даўыслар саны және ҳақыйқый емес деп табылған сайлаў бюллетеньлериниң санын анықлайды.
Округ бойынша сайлаў нәтийжелери округлик сайлаў комиссиясының мәжилисинде анықланады ҳәм протоколға киргизиледи. Протокол комиссияның баслығы, баслықтың орынбасары, хаткери, басқа ағзалары тәрепинен қол қойылады ҳәм тийисли сайлаў комиссиясына усынылады.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы 14 округлик сайлаў комиссияларынан сайлаў округи бойынша даўыс бериў нәтийжелерин анықлаў ҳаққындағы протоколлары Орайлық сайлаў комиссиясына белгиленген тәртипте жеткерип берилди.
Даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылар тәрепинен ҳәр бир талабанға берилген даўыслар саны төмендегише болды:
Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан Баҳром Абдуҳалимовқа 549 мың 766 сайлаўшы ямаса даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылардың 3,39 проценти;
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан талабан Шавкат Мирзиёевқа – 12 миллион 988 мың 964 сайлаўшы ямаса даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылардың 80,12 проценти;
Өзбекстан Экологиялық партиясынан талабан Нарзулло Обломуродовқа – 670 мың 641 сайлаўшы ямаса даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылардың 4,14 проценти;
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан талабан Алишер Қодировқа – 888 мың 515 сайлаўшы ямаса даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылардың 5,48 проценти;
Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан талабан Мақсуда Варисоваға – 1 миллион 75 мың 16 сайлаўшы ямаса даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылардың 6,63 проценти даўыс берген.
Ҳақыйқый емес деп табылған сайлаў бюллетеньлериниң саны 39 мың 443 ти ямаса 0,24 процентти қурады.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши округлик сайлаў комиссияларының протоколлары Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалары тәрепинен үйренип шығылды. Үйрениў нәтийжесинде усы протоколлар Сайлаў кодекси және Орайлық сайлаў комиссиясының 2021-жыл 14-апрельдеги Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши округлик сайлаў комиссияларының жумыс тәртиби ҳаққындағы Реже талапларына толық әмел еткен ҳалда рәсмийлестирилген деп табылды.
Мәжилис соңында комиссия ағзалары 2021-жыл 24-октябрь күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы нәтийжелерин анықлаў ҳаққындағы протоколды тастыйықлады. Мәжилисте күн тәртибине киргизилген қарар ашық даўыс бериў арқалы комиссия ағзалары тәрепинен бир даўыстан қабыл етилди.
Мәжилистен соң 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы У.Жалменов 2021-жыл 24-октябрь күни болып өткен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўде аянбай мийнет еткен округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары ағзалары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сайлаў процесиниң ашық-айдын өтиўин бақлап барған ҳәм жоқары баҳаларын берген халықаралық бақлаўшылар, сайлаўдың пандемия шараятында карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда өткерилиўине хызмет еткен санитариялық-эпидемиологиялық және денсаўлықты сақлаў тараўлары, соның менен бирге, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде күни-түни хызмет еткен ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерине миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы жоқары шөлкемлескенлик пенен өткенлигин атап өтти.
Ислам Матеков,
Karinform.uz
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz