Telegram karinform

Спорт

  • 05.11.2021 18:06
  • 879

НМПИ қызлар регби командасы «Студентлер лигасы» спорт жарысында 1-орынды ийеледи

НМПИ қызлар регби командасы «Студентлер лигасы» спорт жарысында 1-орынды ийеледи
Усы жылдың 3-8-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында Өзбекстан Миллий университети стадионында Өзбекстан Республикасы студентлер спорт ассоциациясы тәрепинен спорттың регби-7 түри бойынша жоқары оқыў орынлары студентлери арасында «Студентлер лигасы» жарысы өткерилип атырған болып, бүгинги күнге шекем қызлар сайланды командалары арасындағы жарыслар өз жуўмағына жетти.

Қуўанышлысы, жарыста Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қызлар сайланды командасы барлық қарсылас командаларды жеңип шығып, 1-орынды қолға киргизди ҳәм «Студентлер лигасы» спорт жарысының жеңимпазы болды.
НМПИ қызлар регби командасы «Студентлер лигасы» спорт жарысында 1-орынды ийеледи
Финалға шекемги жарысларда Әндижан мәмлекетлик университети, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети, Ферғана мәмлекетлик университети ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети командаларын жеңип шыққан НМПИ қызлар сайланды командасы финалда екинши мәрте Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети командасы үстинен 24:12 есабында жеңиске еристи.

Еркеклер арасында жарыслар ертеңнен басланыўы белгиленген болып, онда институттың еркеклер сайланды командасы да қатнасады.

Жарысқа студентлерди тәжирийбели тренер-оқытыўшы Полат Мамутов таярлады.

Студентлеримизге жарыста әўмет тилеймиз!

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет