Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.11.2021 11:16
  • 634

Үстиртте 11 бас жайранды аўлаған пуқараларға төрт жыллық еркинен айырыў жазасы ҳәм 400 миллион сумнан аслам жәрийма тайынланды

Үстиртте 11 бас жайранды аўлаған пуқараларға төрт жыллық еркинен айырыў жазасы ҳәм 400 миллион сумнан аслам жәрийма тайынланды
Көпшиликтиң хабары бар, усы жылдың 24-май күни «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен Қоңырат районында өткерилген рейд даўамында Қоңырат районы «Жаслық» ППЖ турғынлары болған пуқаралар Р.Б. ҳәм Б.Т.лар нызамға қайшы рәўиште Өзбекстан Республикасының «Қызыл китабы»на киргизилген сүт емизиўшилер түрине киретуғын 11 бас жайранды аўлағаны анықланып, усы жағдай бойынша барлық ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, тийисли тәртипте Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасына өткерилген еди.

«Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, прокуратура тәрепинен тергеў, сорастырыў жумыслары алып барылып, суд уйымына жиберилген. Суд процеси усы жылдың 2-ноябрь күни жуўмақланып, Жынаят ислери бойынша Қоңырат районлық суды тәрепинен ҳүким оқылды.

Ҳүким бойынша пуқара Р.Б. 4 жыл 1 ай мүддетке еркинен айрылған болса, және бир пуқара Б.Т.ға 4 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды. Сондай-ақ, ҳайўанат дүньясына келтирилген улыўма 404 миллион 250 мың сумлық зыян «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы пайдасына өндирилиўи белгиленди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он