«Миллий транспорт басқарыў гүўалығының және автомототранспорт қуралы дизимге алынғанлығы ҳаққындағы гүўалықтың жаңа үлгилерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ҳүкиметлик қарарға өзгерислер киргизилди.Ески үлгидеги транспорт басқарыў гүўалықлары төмендеги көрсетилген мүддетлерде жаңасына мәжбүрий алмастырылады:
- 2010-жылға шекем берилгенлери – 2022-жыл 31-мартқа шекем;
- 2010-2012-жылларда берилгенлери – 2022-жыл 30-июньға шекем;
- 2013-2015-жылларда берилгенлери – 2022-жыл сентябрьге шекем;
- 2015-жылдан кейин берилгенлери – 2022-жыл 31-декабрьге шекем.
Еслетип өтемиз, алдын 2021-жылдың 31-декабрь күнине шекем алмастырыў мәжбүрий етип белгиленген еди.
Жоқарыдағы мүддетлерге шекем алмастырылмаған гүўалықлар ҳақыйқый емес деп есапланады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz