Санамай сегиз деме“Шежире” каналында “Жуўаплы редактордың, жуўапкерсизлиги ямаса Муратбай Нызановқа Ашық хат” атлы мақаланы оқып биз мақала авторларына да, оның ҳәр тәреплеме анығына жетпей турып, жәриялаған канал ийелерине де қатты наразы болдық. Себеби, бул жерде Муратбай ағаның да, китапларды басып шығарған “Билим” баспасы жәмәәтиниң де ҳеш қандай айыбы жоқ. Халқымыз соның ушын да айтқан ғой, “санамай сегиз деме” деп.
Мақала жәрияланғанда Муратбай аға мийнет дем алысына шығып, басқа қалаға емлениўге кеткен еди. Биз оның кеўил кейпиятын түсирмейик деп оған айтпадық. Деген менен өзиниң телеграмм каналынан қашшан оқып танысқан екен.
Келгеннен кейин мен кирип айтсам:
—Зульфия қарындасым, бундай изимнен тас атыўлар сексенинши жыллары да болды. Ақланыўға қанша ҳәрекет етсем де, мен барған есик жабық бола берди. Сонда Ташкентке бир барғанымда устазым Насыр Фазыловқа шағынғаным бар.
Насыр аға жүзиме тигилип турып:
—Ҳей, шайыр, Абдулла Қаҳҳардың бир гәпи бар, “Әдебият атомнан күшли, бирақ оны отын жарыўға сарпламаў керек” деген. Сен қарақалпақ әдебиятының бир ўәкилисең, талантыңды отын жарыўға жумсамақшымысаң! Оннан да шығармаңды жаз. Бул дүньяда жазғаның қалады, пәрўа қылма” деп кейиди.
Мен сол тәселледен кейин бундай гийне қойыўларға сабырлылық етиўди үйрендим, -деди.
—Жуўап жазасыз ба? —дедим.
—Яқ. Ақлықларымдай баллар болса керек, қәте-дурыслығын өзлери аңлап жетер, —деди.
Енди жас әдебиятшыларымыз сынаған китапларға келсек, Бердақтың таңламалы шығармалары бабамыздың 190-жыллығына бағышланып 2017-жылы шығыў керек еди. Бизге директорымыз “бюджеттен ақша сораймыз, сөйтип саўғабап қылып шығарамыз” деп жүрди. Деген менен бул мәселе шешилеғоймады. Соң ол Бердақтың 1997-жылы шыққан “Таңламалы шығармалар” китабын үйинен әкелип, “мына басылым Ибрайым Юсупов ҳәм Ҳуснаддин Ҳамидов тәрепинен таярланған. Ибрайым ағаның тили менен айтқанда “шөп шардан” тазаланған, усыны таярлаң” деп берди. Китапты таярлаў барысында биз оны басламасы ушын “баспаға таярлаған” деп жаздық.
Китап 1997-жылы қандай болып шыққан болса 2019-жылы өзгериссиз сол турысында басылды. Мақала авторлары 1987-жылғы басылымды көре сала қәте тапқанына қуўанып кеткен болса керек. Егер китаптың 2-бетиндеги “Қарақалпақстан”—1997”, “Билим”—2019” деген жазыўларға итибар бергенде бундай алжасыққа жол қоймаған болар еди.
Ал, Ибрайым Юсуповтың 3 томлығына келсек, буны саўатлы әдебиятшылар — филология илимлериниң докторы Қуўанышбай Оразымбетов басшылығында НМПИдиң муғаллимлери баспаға таярлады.
Муратбай Нызанов бул томларды басып шығарыўда шөлкемлестириў жумысларын алып барғаны ушын “жуўаплы редактор” деп жазылды. Ол абырайлы илимпазлар топары таярлаған мийнетке қәлем тийгизген жоқ.
Сондай-ақ, Т.Қайыпбергеновтың “Маман бий әпсанасы” китабының үшинши бөлиминдеги эфиграф та жазыўшының өзи тири ўақтында ең соңғы 1989-жылғы басылымында автордың өзи тәрепинен өзгертилген еди.
Ҳәр қандай канал ийелери биреўдиң абырайына дақ келтиретуғын мақалаларды жәриялағанда оның дурыс-надурыслығына исеним пайда етип болып жәриялаўы тийис.
Мақала авторларына келсек, жазыўшы атаңыздың атына күйе жағыўға асықпай, баспаға келип, жай-жағдайды өзинен сорап билип алғаныңызда оқыўшы журтшылықта ҳәр түрли орынсыз пикирлер оятпаған болар едиңиз.
Зульфия Өсербаева
“Билим” баспасының бас редакторы. P.S.: Жуўап хат авторының пикири өзине тийисли болып, редакцияның көзқарасын аңлатпайды. Бас редактордың жуўабы өзгериссиз берилди.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz