Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық, Аралбойында қәнигелестирилген кардиологиялық ҳәм кардиохирургиялық илимий-әмелий медициналық орайы шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында «Norma.uz» басылымы хабар берди.Орайдың тийкарғы ўазыйпасы аймақ халқына, соның ишинде, Аралбойы аймағындағы және Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында туўма жүрек жетиспеўшилиги менен туўылған балаларға өз қәнигелиги бойынша жоқары технологияға тийкарланған тәжирийбели қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў болып табылады.
Орай кеселликлердиң алдын алыў, оларға диагноз қойыў ҳәм кеселликлерди емлеў бойынша алдынғы усылларды және технологияларды ислеп шығыўға және әмелиятқа енгизиўге бағдарланған илимий изертлеўлер алып барыў менен шуғылланады.
Сондай-ақ, орай медицина хызметкерлериниң кәсиплик дәрежесин арттырыў, бар медициналық техникалар паркин турақлы түрде жаңалап барыў ҳәм модернизациялаў, орайды заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, қаржы ҳәм материаллық-техникалық ресурсларды тартыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў де кардиологиялық орайдың баслы ўазыйпалары етип белгиленди.
Соның менен бирге, орайда жоқары тәжирийбели сырт елли қәнигелер қатнасыўында консультациялар ҳәм шеберлик сабақлары шөлкемлестириледи және қәнигелерди алмасыў тәмийинленеди.
Орайдың жумыслары жеңилликли категорияға киретуғын адамларға көрсетилетуғын медициналық хызметлер ушын мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар, мәмлекетлик илимий бағдарламаларды әмелге асырыў шеңбериндеги грантлар, пуллы хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар және нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қаржыландырылады.
2021-жыл 1-декабрьден баслап орайды мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жеңилликли категорияға киретуғын адамларды электрон мәлимлеме системасы арқалы есапқа алыў ҳәм нәўбет тийкарында емлениўге жоллаў системасына жалғаныўы тәмийинлениўи керек.
Орайдың директоры Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги менен келисилген ҳалда Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан босатылады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz