Грипп жуқтырыў ҳәм оның аўыр белгилерин бастан өткериў қәўпи жоқары болған ҳәм мәўсимнен алдын емленетуғын шахслар топары тастыйықланған. Оған төмендегилер киреди:
– ҳәмиледар ҳаяллар;
– 6 айлықтан үлкен балалар, дем алыў органлары ҳәм жүрек-қан тамыр системаларының белгили созылмалы кеселликлерине шалынған үлкен жаслылар;
– 60 жастан өткен шахслар;
– 6 айлықтан 59 айлыққа шекемги болған балалар;
– медицина қәнигелери;
– Меҳрибанлық үйлери, кекселер, нәгиранлар, интернат үйлери, балалар қалашалары, сондай-ақ, физикалық яки руўҳый раўажланыўында нуқсаны болған балалар ушын қәнигелестирилген билимлендириў шөлкемлеринде жасап атырған шахслар.