Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.12.2021 13:40
  • 547

Институтта қарақалпақ тили байрамы кең түрде белгиленди

Институтта қарақалпақ тили байрамы кең түрде белгиленди
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 32 жыл толыўы сәнесине арналған «Тил – миллеттиң мақтанышы» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференциясы болып өтти.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта дүньяда 7100 ден аслам тиллер бар екенлиги анықланған болып, олардың ишинде тек ғана 180 ге шамалас тиллер мәмлекетлик тил бийлигине ийе болып табылады. Усындай тиллер қатарында қарақалпақ тилиниң бар екенлиги бул үлкен мақтаныш болып қалмастан, соның менен бирге, ата-бабалар, бүгинги күнги ҳәм келешек әўладлар алдындағы үлкен жуўапкершилик болып есапланады.
Институтта қарақалпақ тили байрамы кең түрде белгиленди
Буннан саррас 32 жыл алдын – 1989-жыл 1-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилди.

Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы Нызамының 1-статьясына муўапық, қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик тили болып табылады.

Қарақалпақ ҳәм өзбек тиллерине мәмлекетлик тил статусының берилиўи республика аймағында жасап атырған миллетлер ҳәм халықлардың өз ана тилин пайдаланыўында конституциялық ҳуқықларын кемситпейди.

Қарақалпақстан Республикасында барлық пуқараларға мәмлекетлик тилди үйрениў ҳәм оның аймағында жасап атырған миллетлер ҳәм халықлардың тиллерине ҳүрмет пенен қатнас жасаў ушын шараятлар жаратылады, бул тиллерди раўажландырыў ушын жағдайлар дүзип бериледи.

Ғәрезсизлик жылларында қарақалпақ тилиниң миллий өзгешеликлерин сақлап қалған ҳалда раўажландырыў, илимий-изертлеў жумысларын жаңа басқышқа көтериў, дүнья тиллери қатарындағы абырой-мәртебесин арттырыў, келешек әўладларға жеткерип бериўдей жумысларда сезилерли нәтийжелерге ерисилди.
Институтта қарақалпақ тили байрамы кең түрде белгиленди
Конференцияда филология илимлериниң докторы, доцент А.Пирниязова, филология илимлериниң кандидаты, профессор Қ.Қощанов, филология илимлериниң кандидаты Е.Алланазаров ҳәм басқалар соңғы жылларда қарақалпақ тили лексикасының изертлениў бағдарлары, қарақалпақ тилине шет тиллери арқалы жаңа сөзлердиң кирип келиўи, ғәрезсизлик дәўириндеги раўажланыў өзгешеликлери бойынша баянатлар жасады.

Илаж институттың «Тумарис» халық ансамбли, сондай-ақ, қәбилетли студентлер ҳәм НМПИ академиялық лицейи оқыўшылары атқарыўындағы концерт бағдарламасы ҳәм сахналық көринислери менен даўам етти.
Институтта қарақалпақ тили байрамы кең түрде белгиленди
Институтта қарақалпақ тили байрамы кең түрде белгиленди
Институтта қарақалпақ тили байрамы кең түрде белгиленди

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

    2024-жыл 1-февраль күнги ӨРН-901-санлы Нызамға бола, педагогдың кәсиплик искерилигине араласыў, оның хызметин тийкарсыз түрде тексериў,