Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.12.2021 14:41
  • 572

Ҳаўа райы сегиз градусқа шекем суўытады

Ҳаўа райы сегиз градусқа шекем суўытады
Республикалық Гидрометеорологиялық орайы дем алыс күнлери ушын ҳаўа райы мағлыўматын жәриялады.

Ертең, шемби күни Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында күшсиз жаўын жаўыўы сақланып турады. Басқа аймақларда жаўын-шашынсыз ҳаўа райы болыўы күтилмекте. Температура төменлейди ҳәм түнде 5-10 градус жыллы, күндизги ўақытта 9-14 градус жыллы болады.

Екшемби күни салқын ҳаўа массалары Өзбекстанның барлық аймақларына тарқалады. Республика бойлап базыбир жерлерде жаўын жаўады. Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларында жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўаның температурасы усы күнниң нормалық өлшемлерине салыстырғанда және төменлейди ҳәм түнде 2-7 градус жыллы, күндизги ўақытта 5-10 градус жыллы болады. Қарақалпақстан Республикасында түнде 3-8 градус суўық, күндиз 0-5 градус суўық болыўы күтиледи.

Шемби ҳәм екшемби күнлери түнде ҳәм азанғы ўақытта думан түсиўи мүмкин.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Күн суўық деп балаларды ҳәдден тыс қалың кийиндирмең

Күн суўық деп балаларды ҳәдден тыс қалың кийиндирмең

    Негизинде, балалардың аязлаўы суўық яки жыллы ҳаўадан емес, ыссылықтан келип шығады, ҳәдден тыс ыссылық элементлер