Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.12.2021 00:08
  • 970

Жаңа көринистеги 50 мың ҳəм 100 мың сумлық банкноталар шығарылады

Жаңа көринистеги 50 мың ҳəм 100 мың сумлық банкноталар шығарылады

Өзбекстанда жаңа көринистеги 50 мың ҳәм 100 мың сумлық банкноталар шығарылыўы мүмкин. Жаңа көринистеги банкноталардың шығарылыўы пулларда заманагөй қорғаныў элементлерин қолланыў ҳәм банкноталар тематикасын уйғынластырыў менен байланыслы болыўы мүмкин. Бул мағлыўматты Орайлық банк баспасөз хызметине сүйенип, Kun.uz хабарлады. Жаңа көринистеги пуллар қашан шығарылыўы анық емес.
26-августтан баслап Өзбекстанда жаңа көринистеги 5 000 ҳәм 10 000 сумлықлар айланысқа шығарыла басланған еди. Сол ўақытта банкноталарды шығарыў пулларда заманагөй қорғаныў элементлерин қолланыў менен байланыслы екенлиги айтылған еди.
Бүгинги күнде «Мəмлекет белгиси» ДУКда модернизация ислери ушын банкноталарымызда заманагөй қорғаныў элементлерин қолланыў ҳәм ҳәр қыйлы форматларда цифрластырыў, сондай-ақ, лак жағыў имканияты жаратылды. Жәҳән əмелиятында ҳәр бир мəмлекетте банкноталардың көринислери өз алдына темаға бирлестирилген болып, бунда бизлердиң банкноталарымыз дизайнын да усы тема əтирапында бирлестириў мақсет етип қойылған. Бул тема Уллы жипек жолы ҳәм мəмлекетимиздиң əййемги тарийхына қаратылған. Мысалы ушын, бул жылдың июн айынан айланысқа шығарылған 2 000 ҳәм 20 000 сумлық банкноталардың шығарылыўы режелестирилип атырғаны ҳəм 5 000 ҳəм 10 000 сумлық банкноталар темасы Уллы жипек жолы мəмлекетимиз тарийхына арналған», – деген еди сол ўақытта Орайлық банк жуўапкери Зафар Асадов.

Меҳрибану Дәўлетмуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте