Бүгин, 4-декабрь күни Қанлыкөл районы «Қос жап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Атажан хожа» жәмәәтлик мешити пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында «Nasiyat.uz» каналы хабар берди.Мешиттиң ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, район ҳәкими А.Ибрагимов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбетқадиров, район нураныйлары ҳәм «Қос жап» аўылының турғынлары қатнасты.
Мешит жергиликли исбилермен ҳǝм халықтың жақыннан берген көмеги менен барлық қолайлықларға ийе көринисте қурып питкерилди. Мешит қурылысына жақыннан жǝрдем бергенлерге Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тǝрепинен миннетдаршылық билдирилди.
Karinform.uzСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz