Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.12.2017 18:58
  • 1955

Арктиканың музы соңғы 1500 жылда бақланбаған тезлик пенен еримекте



Арктиканың музы соңғы 1500 жылда бақланбаған тезлик пенен еримекте, деп хабар бермекте ТАСС.
Глобаллық климат жылыўына байланыслы соңғы 1500 жылдан берли Арктикадағы муз мисли көрилмеген дәрежеде тез еримекте. Бул ҳаққында Жаңа Орлеанда болып өткен Америка геофизика аўқамының конференциясында АҚШтың Океанлар ҳәм атмосфераны изертлеў бойынша Миллий басқармасының протоколында жәрияланды.
Протоколда көрсетилгениндей, 2017-жылы Арктика музының улыўмалық майданы 1981-2010-жылларға салыстырғанда 25% ке азайған. Муз қатламының қалыңлығы күн сайын жуқарып бармақта. 2016-жылдың октябрь айынан 2017-жылдың сентябрь айына шекемги аралықта Арктикадағы орташа температура 1,6 градусқа көтерилген. Арқа муз океанындағы суўдың температурасы да көтерилген.
Сондай-ақ, Арктиканы қоршап турған материкли аймақлардағы мәңги музлап жатырған топырақ температурасының да артқаны анықланған. Егер бундай топырақлар жибийтуғын болса, планетаның жылыўына тәсир ететуғын карбонат ангидрид газы менен метан сыяқлы газлер бөлинип шығады.
Изертлеўшилер Арктикадағы климат пенен суўдың жылый баслаўы атмосфералық ағымлардың қозғалысын өзгертеди, деп есапламақта. Олардың айтыўынша, Арктика музының ериўи аймақтағы ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясына да кери тәсир етеди.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети