Усы жылдың 20-декабрь күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Жас дөретиўшилер» клубының дәслепки «Дуэль» таңлаўы болып өтти.
Таңлаў 4 бағдар – проза, поэзия, көркем аўдарма ҳәм сүўретлеў өнери бағдарларында өткерилип, оған Сағынбай Ибрагимов, Марат Таўмуратов, Алланазар Әбдиев сыяқлы белгили жазыўшы ҳәм шайырлар төрешилик етти. Таңлаў еки басқышта болып, 2-басқышқа ең жақсы деп табылған 16 қатнасыўшы таңлап алынып, өз-ара қызғын беллести.
Таңлаўдың поэзия бағдары әсиресе тамашагөйлердиң дыққат-итибарын тартып, оларда үлкен қызығыўшылық оятты. Таңлаў нәтийжелерине муўапық, төмендегише орынлар белгиленди:
Поэзия бағдары бойынша:1-орын – Саҳыпжамал Сырғабаева;
2-орын – Расул Әбдимуратов;
Проза бағдары бойынша: 1-орын – Динора Бегдуллаева;
2-орын – Әзиза Өмирбаева;
Көркем аўдарма бағдары бойынша: 1-орын – Сайора Тилеўниязова;
2-орын – Гүлшеҳра Успанова;
Сүўретлеў өнери бойынша:
1-орын – Байрам Сарыбаев;
2-орын – Расул Серимбетов.
Жеңимпазлар диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Мағлыўмат ушын, клуб өз жумысын усы жылдың 18-декабрь сәнесинде баслаған еди.
Перуза Яқупбаева