Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.12.2021 15:41
  • 656

Қарақалпақстандағы қала ҳәм районлардағы туўылыўшылық көрсеткишлери қандай?

Қарақалпақстандағы қала ҳәм районлардағы туўылыўшылық көрсеткишлери қандай?
Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасының хабар бериўинше, 2021-жылдың январь-сентябрь айларында республикамызда 28,9 мың нәресте дүньяға келген. Туўылыўшылық коэффициенти сәйкес түрде мың адамға салыстырғанда 20,0 промиллени қураған ҳәм 2020-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 0,2 промиллеге көбейгенлиги (өткен жылдың усы дәўиринде 19,8 промилле еди) бақланған.

Ең жоқары туўылыў көрсеткиши Нөкис қаласында бақланған болып, январь-сентябрь айларында пайтахтымызда 4649 нәресте дүньяға келген. Буннан кейинги орынларды Әмиўдәрья (3522), Төрткүл (3294), Беруний (2928), Елликқала (2596) районлары ийелеген.

Басқа районларда туўылыў көрсеткишлери төмендегише:

Қоңырат районы – 2008;
Хожели районы – 1970;
Шымбай районы – 1658;
Кегейли районы – 1098;
Тақыятас районы – 889;
Нөкис районы – 886;
Қанлыкөл районы – 797;
Қараөзек районы – 728;
Шоманай районы – 652;
Тахтакөпир районы – 518;
Мойнақ районы – 473;
Бозатаў районы – 239.

Сөз етилип атырған дәўирде Қарақалпақстанда 6,6 мың өлим жағдайы дизимге алынған болып, өлимшилик коэффициенти сәйкес түрде мың адамға салыстырғанда 4,6 промиллени қураған. Өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өлимшилик коэффициенти 0,1 промиллеге кемейген (2020-жылдың январь-сентябрь айларында өлимшилик коэффициенти 4,7 промиллени қураған еди).

Январь-сентябрь айлары аралығында дизимге алынған қайтыс болғанлар:

- Қан айланыў системасы кеселликлеринен – 59,9%;
- Өсимтелерден – 10,4%;
- Бахытсыз ҳәдийсе, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлардан – 7,5%;
- Дем алыў органлары кеселликлеринен – 5,3%;
- Ас сиңириў органлары кеселликлеринен – 3,1%;
- Жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлерден – 1,3%;
- Басқа кеселликлер ақыбетинде қайтыс болғанлар 12,5% ти қурады.

Көрсетилген дәўирде республикамызда бир жасқа толмаған балалар өлими менен байланыслы 0,3 мың жағдай дизимге алынған.

Олардың 71,8% и перинатал дәўирде жүзеге келетуғын жағдайлардан, 9,1% и дем алыў органлары кеселликлеринен, 1,0% и туўма аномалиялардан, 1,0% и бахытсыз ҳәдийсе, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлардан, 1,0% и жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлерден, 0,3% и ас сиңириў органлары кеселликлеринен, сондай-ақ, 15,8% и басқа кеселликлер ақыбетинде өмирден көз жумған.

Солай етип, 2021-жылдың январь-сентябрь айларында Қарақалпақстан Республикасында халықтың тәбийғый өсиў көрсеткиши 22,3 мың адамды қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 0,8 мың адамға көбейгени (2020-жылдың усы дәўиринде тәбийғый өсим 21,5 адамды қураған еди) бақланған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында