Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.01.2022 13:43
  • 1687

Қазақстан аймағындағы Өзбекстан пуқараларына ўақытша енгизилген шеклеўлерге әмел етиў соралды

Қазақстан аймағындағы Өзбекстан пуқараларына ўақытша енгизилген шеклеўлерге әмел етиў соралды
Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги мәлимлеме хызмети Қазақстан аймағындағы Өзбекстан пуқаралары ушын рәсмий билдириў жәриялады.

Өзбекстан Республикасының Қазақстандағы Елшиханасы ҳәм Бас консулханалары усы мәмлекет аймағындағы Өзбекстан пуқаралары, соның ишинде, студентлер менен турақлы байланыста екенлигин мәлим етти.

«Өзбекстанның Қазақстандағы дипломатиялық ўәкилханалары әдеттеги тәртипте жумыс алып бармақта. Зәрүр жағдайларда Өзбекстан пуқараларына ҳуқықый жәрдем көрсетилмекте.

Соның менен бирге, Қазақстанның айрым аймақларында айрықша жағдай жәрияланғаны себепли усы мәмлекетте болып турған Өзбекстан пуқараларынан ўақытша енгизилген шеклеўлерге әмел етиўин сораймыз», - деп жазылған хабарда.

Сондай-ақ, зәрүрлик болғанда, ўатанласларымыз қәлеген ўақытта Өзбекстан Республикасының Нур-Султан (телефон: +7 771 020 36 73), Алматы (телефон: +7 777 950 44 33) ҳәм Ақтаў (телефон: +7 777 599 00 51) қалаларындағы дипломатиялық ўәкилханаларына мүрәжат етиўи мүмкинлиги қосымша етилген.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...