Telegram karinform

Мәденият

  • 19.01.2022 15:48
  • 793

«Едиге» дәстанының ең дәслепки қарақалпақ тилинде баспадан шыққан нусқасының фотосүўретлери жәрияланды

«Едиге» дәстанының ең дәслепки қарақалпақ тилинде баспадан шыққан нусқасының фотосүўретлери жәрияланды
Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң «Telegram» тармағындағы арнаўлы топарында Қаллы Айымбетов тәрепинен жазып алынған «Едиге» дәстанының 1937-жылы Москва қаласында баспадан шыққан ең дәслепки қарақалпақ тилиндеги нусқасының фотосүўретлери жәрияланды.

Мәлим болыўынша, Мәдирейим Турсымуратов ҳәм Төлепберген Ембергеновлар 1976-жылы Москвадағы сол ўақыттағы ең үлкен В.И.Ленин атындағы китапханада сақланып турған дәстанның түп нусқасынан көширме нусқасын ислетип, түплетип алып келген.

Дәстан нусқасының фотосүўретинде жазылыўынша, қарақалпақлардың «Едиге» дәстаны ең биринши мәрте 1905-жылы Москва университетиниң студенти Беляев тәрепинен шымбайлы Бекимбет жыраўдан жазып алынған. Бирақ, ол нусқа жоғалып кеткен. 1929-жылы Қаллы Айымбетов тәрепинен Шымбай қаласында Ерполат жыраўдан жазып алынған екинши нусқасы да бириншиси сыяқлы жойтылып кеткен екен. Қаллы Айымбетов 1934-жылы тағы сол Ерполат жыраўдан усы дәстанды жазып алып, Москвадағы Көркем әдебият баспасына берген екен. Усылайынша «Едиге» дәстаны биринши мәрте қарақалпақ тилинде баспа жүзин көрген.

«Түп нусқасын табыў мүшкил болған бүгинги күнде бул дәстан көширмеси музей ушын үлкен әҳмийетке ийе.

2019-жылы усы дәстанның көширмеси музейге тапсырылып, бүгинги күнде Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи фондында сақланбақта», - деп жазылған музей тәрепинен жәрияланған мағлыўматта.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

33 жастан кейин перзент көрген ҳаяллар көп жасайды

33 жастан кейин перзент көрген ҳаяллар көп жасайды

    Бостон университети жанындағы медицина мектеби алымлары 30 жасқа шекем туўған ҳаяллардан көре 33 жастан кейин

Телефонды тез-тезден тазалап турыў керек

Телефонды тез-тезден тазалап турыў керек

    Биз ҳәр күни услайтуғын ең бактериялы буйым - бул мобиль телефонымыз. Он жыл алдын алымлар