Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.01.2022 16:39
  • 758

Коллектив қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеминиң тынышлықты тәмийинлеўши контингенти Қазақстан аймағынан толық шығып кетти

Коллектив қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеминиң тынышлықты тәмийинлеўши контингенти Қазақстан аймағынан толық шығып кетти
Бүгин, 19-январь күни Коллектив қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеминиң тынышлықты тәмийинлеўши әскерий күшлерин Қазақстан аймағынан шығарыў процеси жуўмағына жетти. Соңғы жеке қурам ҳәм техникалар самолётлар арқалы Алматы қаласынан ушып кетти. Бул ҳаққында «Қазақпарат» агентлиги хабар берди.

«Ҳәзирги ўақытта Қазақстан Республикасы аймағында сырт мәмлекетлердиң әскерий хызметкерлери жоқ. Елимизден КҚШШның бирлескен тынышлықты тәмийинлеўши контингентин гезекпе-гезек шығарыў усы жылдың 13-январь күнинен баслап әскерий күшлердиң жоқары бас сәркардасы – Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев белгилеген ўақытта әмелге асырылды», - деп айтып өткен Қорғаныў министрлиги халықаралық бирге ислесиў департаменти баслығы Олжас Қусайынов.

Еслетип өтемиз, президент Қасым-Жомарт Тоқаевтың 5-январь күни КҚШШға жәрдем сорап мүрәжат еткенинен соң Қазақстанға усы шөлкемге ағза мәмлекетлердиң тынышлықты тәмийинлеўши әскерий күшлери киргизилген еди. Алматы ҳәм Нур-Султан қалаларында әскерий миссиясын алып барған КҚШШ күшлериниң ўазыйпасы ең әҳмийетли стратегиялық объектлерди қорғаў ҳәм көшелерде ҳуқық-тәртипти сақлаўға жәрдем бериўден ибарат болған.

Соның менен бирге, бүгин Қазақстанда бир қатар әҳмийетли лаўазымлық тайынлаўлар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Қазақстан Республикасы Қорғаныў министри лаўазымына Руслан Жақсылықов, Ишки ислер министриниң орынбасары – Миллий гвардия бас командири лаўазымына Еркин Ботақанов тайынланды.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны

Сиз неше саат уйқылайсыз?

Сиз неше саат уйқылайсыз?

    0-2 саат – бул аралықтағы уйқы дыққатты жәмлеўдиң қыйынласыўы ҳәм итибардың пәсейиўине алып келеди. 3-4

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...