Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.01.2022 18:35
  • 970

РАЯ (РАЗИЯБЕГИМ) ЕРНАШЕВА (1953-2022)

РАЯ (РАЗИЯБЕГИМ) ЕРНАШЕВА (1953-2022)
Белгили шайыр, дилмаш ҳәм редактор Рая Ернашева (Разиябегим) 2022-жылдың 28-январь күни узақ даўам еткен кеселлениўден кейин 69 жаста дүньядан өтти. Р.Ернашева 1953-жылы 7-январьда Нөкис қаласында дүньяға келген.

1958-жылы бес жасында Әмиўдәрья районының Назархан аўылы Бердақ атындағы мәкан пуқаралар орайындағы мектепке 1-қарақалпақ класына оқыўға барып, 1968-жылы орта мектепти тамамлаған. Тоғыз-он жасынан баслап жазған қосықлары мектеп дийўалы газетасында, ал баспасөзде 1970-жылдан республикалық газета-журналларда, жаслар альманахларында басылып шыға баслаған. Физика ҳәм математика пәнине қызығыўшылығы себепли Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы пәнлер бойынша жоқары билим алған. 1993-жылы Халық университетиниң араб тили бойынша арнаўлы курсын питкерген.

Мийнет жолын республикалық жаслар газетасында әдебий хызметкер болып ислеўден баслайды. Буннан кейин «Қарақалпақстан» баспасында редактор болып 40 жылдан аслам ўақыт мийнет етип, усы дәўирде ҳәр қыйлы пәнлер бойынша китаплардың сапалы басылып шығыўына белгили дәрежеде үлесин қосқан талантлы редактор болды.

2000-жылы Қарақалпақстандағы дәслепки балалар ҳәм жас өспиримлер ушын «Қарлығаш» журналын ашты ҳәм оның шығып турыўына бар күш-жигерин сарплады.

Түрли жылларда шайырдың «Мениң гүлим», «Биле-билгенге», «Өмир толғаныслары», «Силкин, ҳумай яңлы өз қанатында» поэзиялық китаплары ҳәм балаларға арналған «Пал бөбегим сөйлесе», «Адымлаўшы машина» китаплары, сондай-ақ, қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде «Шығармаларының 3 томлығы» (Ташкент, 2010), рус тилинде «Ночное путешествие» (Москва, 2015), өзбек тилинде «Сайланма» (Нөкис, 2019), қарақалпақ әдебиятында бес китаптан ибарат «Хамса» (Ташкент, 2020) шығармасын арнаўлы китап етип баспадан шығарып, халқымыздың руўхый байлығының раўажланыўына бар таланты ҳәм күш-жигери менен салмақлы үлес қосты.

Ол Өзбекстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

Ол шаңарағында сегиз перзент тәрбиялап, камалға келтирген, ақлықлар, шаўлықлар көрген әдиўли ана.

Ҳақ кеўил, мийирман, талантлы шайыр ҳәм редактор, ели-халқы ушын жанкүйер инсан Рая (Разиябегим) Ернашеваның жарқын естелиги ҳешқашан умытылмайды.

Бир топар дөретиўши дослары, қурбы-қурдаслары.
Karinform.uz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья

Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья

    Рашид Ержанов и Амангуль Сейтмуратова готовятся отметить никелевую свадьбу, они вместе уже 12 лет. Семью

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы