Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.02.2022 18:34
  • 805

«Өзгидромет»тен хабарландырыў

«Өзгидромет»тен хабарландырыў
Усы жылдың 4-7-февраль күнлери Өзбекстан аймағына Түркменстан аймақларынан оғада жыллы ҳаўа, соңынан Волгабойы аймақларынан ығал ҳәм салқын ҳаўа массасы кирип келиўи күтилмекте, - деп хабарландырыў жәриялады «Өзгидромет».

4-6-февральда Өзбекстан бойлап базы жерлерде күшли самал болыўы күтиледи. Айырым жерлерде шаң-тозан бақланады. Атап айтқанда самалдың тезлиги:

4-февральда Қарақалпақстан Республикасында, Хорезм, Наўайы, Ташкент ўәлаятларында 18-23 м/с қа шекем;

5-6-февральда Қарақалпақстан Республикасында, Хорезм, Бухара, Наўайы, Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларында 18-23 м/с қа шекем, Наўайы, Ташкент, Жиззақ ўәлаятларының айырым жерлеринде 25-28 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

5-февраль күни Қарақалпақстан Республикасында, Хорезм ўәлаятында, ал 6-февраль күни Өзбекстанның барлық аймақларында жаўын жаўады, Қарақалпақстанда қарға айланады. 7-февральда базы жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.

Таўлы аймақларда 6-7-февральда күшли жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ҳәпте соңында ҳаўа райы қандай болады?

Ҳәпте соңында ҳаўа райы қандай болады?

    Қарақалпақстан Республикасында 4-6-январь күнлери ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди, деп хабар береди Өзгидромет.

Нөкисте бүгин -16,2 дәрежеге шекем суўық бақланды

Нөкисте бүгин -16,2 дәрежеге шекем суўық бақланды

    3-декабрь сәнеси ушын бундай төмен дәрежедеги ҳаўаның температурасы соңғы 77 жылда рекорд дәрежеге жетти.   Нөкис

Иран аймақларынан қурғақ ҳәм жыллы ҳаўа кирип келиўи күтилмекте – «Өзгидромет» ҳәпте даўамында бақланатуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди

Иран аймақларынан қурғақ ҳәм жыллы ҳаўа кирип келиўи күтилмекте – «Өзгидромет» ҳәпте даўамында бақланатуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди

    Бүгин, 21-ноябрь күни Өзбекстан бойлап алағат бултлы ҳәм қурғақ ҳаўа райы болыўы күтилмекте. Күндизги ҳаўа