Бүгин, 7-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 600 орынлық студентлер турақ жайының пайдаланыўға тапсырылыўына арналған салтанатлы илаж болып өтти.Илажға Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары Сарвархон Бузрукхонов, институт жәмәәти ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Пайдаланыўға тапсырылып атырған студентлер турақ жайының қурылыс-реконструкция жумыслары ушын институттың бюджеттен тыс қаржылары есабынан 3 миллиард 855 миллион сум қаржы ажыратылып, «Golden Star» ЖШЖның шебер қурылысшылары тәрепинен жедел пәтлерде ҳәм сапалы етип питкерилди. Реконструкция жумысларынан алдын 400 орынға мөлшерленген студентлер турақ жайына заманагөй еки яруслы жатақ орынлары орнатылып, 600 орынға бейимлестирилди. Заманагөй жойбар тийкарында қурылыс-реконструкция жумыслары алып барылған студентлер турақ жайы 1 миллиард 600 миллион сумлық мебель инвентарьлары, 545 миллион сумлық заманагөй газ плиталары, музлатқышлар, кир жуўыў машиналары, микротолқынлы печьлер, утюглер, суў ысытқыш үскенелери сыяқлы турмыслық техникалар менен тәмийинленди.
Студентлер турақ жайында студент-жаслардың оқыўдан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, дем алыўы, қосымша дөгереклерге қатнасыўы, билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен алға сүрилген бес басламаны студентлер арасында кең ен жайдырыў мақсетинде заманагөй информациялық технологиялар, компьютерлер бөлмеси, мәлимлеме-ресурс орайы, көркем өнерге қызығыўшы жаслар ушын саз әсбаплары менен тәмийинленген дөгереклер, жаслардың бос ўақытларында тигиўшилик сырларын үйрениўи ушын тигиў машиналары менен тәмийинленген дөгереклер, соның менен бирге, аўқатланыў, жуўыныў, интернет тармағынан пайдаланыў, газета-журналлар оқып, телевизор тамашалаў ушын барлық қолайлықлар жаратылған.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, студентлер турақ жайына биринши гезекте сырт ел пуқаралары, алыс ўәлаятлар ҳәм районлардан қатнап оқыйтуғын кем тәмийинленген, жетим, бағыўшысынан айрылған, «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың перзентлери орналастырылады.
Илажда қурылыс-реконсрукция жумыслары жуўмақланған 600 орынлық студентлер турақ жайының символикалық гилти салтанатлы түрде тапсырылып, дәстүрий лента қесилди.
Илаж қатнасыўшылары студентлер турақ жайындағы шараятлар менен танысты.
Соны қосымша етиў орынлы, алдағы ўақытларда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 5 қабатлы, 1250 орынға мөлшерленген заманагөй жаңа студентлер турақ жайлары қурылыўы жобаластырылған болып, буның ушын 73 миллиард 322 миллион сум қаржы ажыратылған.
Усы жерде атап өтиў керек, Президент пәрманы менен тастыйықланған «Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға белгиленген раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы», соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Республикалық жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлерди турақ жай менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында алып барылып атырған усындай жумыслар бул мәселеге мәмлекетлик ҳәм ҳүкиметлик дәрежеде айрықша дыққат қаратылып атырғанынан дәрек береди.
Министр орынбасары С.Бузрукхонов институттың жаңадан қурылып атырған бас имараты ҳәм реконструкция жумыслары алып барылып атырған басқа оқыў имаратларындағы қурылыс-оңлаў жумысларын көзден өткерип, жумысларды сапалы етип питкериў бойынша көрсетпелер берди.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz