
Усы жылдың 11-12-февраль күнлери Өзбекстан аймағына Түркменстаннан жыллы ҳаўа, соңынан арқа Кавказ аймақларынан ығал ҳәм салқын ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабарландырыў жәриялады.
Хабарда жазылыўынша, 11-12-февральда Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы, Ташкент, Самарқанд, Сырдәрья, Жиззақ, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларында базы жерлерде самалдың тезлиги 17-22 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте, айырым жерлерде шаң-тозаң бақланыўы мүмкин.
11-февральда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында, 12-февральда Өзбекстанның басқа аймақларында, сондай-ақ, таў алды ҳәм таўлы аймақлардың базы жерлеринде күшли жаўын-шашын (жаўын, айырым жерлерде қарға айланыўы мүмкин) болыўы күтиледи.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz