Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.03.2022 18:06
  • 635

Жеке меншик секторда жумыс ислейтуғын ҳаялларға да ҳәмиледарлық напақасы бериледи

Жеке меншик секторда жумыс ислейтуғын ҳаялларға да ҳәмиледарлық напақасы бериледи
«Ашық-айдын айтыўымыз керек, ҳәзирги ўақытта бюджет шөлкемлери ҳәмиледарлық напақасын толық төлеп берсе де, тилекке қарсы, жеке меншик секторда бул қәрежет себепли ҳаялларды рәсмий жумысқа алыўдан қашыў жағдайлары да ушырасады», - деп айтып өтти Президент Шавкат Мирзиёев бүгинги видеоселектор мәжилисинде.

Сонлықтан, 2022-жыл 1-сентябрьден жеке меншик секторда рәсмий тийкарда жумыс ислеп атырған ҳаялларға ҳәмиледарлық напақасын мәмлекет тәрепинен кепилликли төлеп беретуғын система жаратылады.

«Буннан былай оларға да 4 айға 2 миллион сум муғдарында бир мәртелик ҳәмиледарлық напақасы төлеп бериледи.

Бул мақсетлер ушын бюджеттен 2022-жылда 20 миллиард сум, 2023-жылда болса 1,7 триллион сум ажыратылады», - деди мәмлекет басшысы.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...