Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.03.2022 16:10
  • 888

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызметиниң баслығы рейтингде жоқары көрсеткишке еристи

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызметиниң баслығы рейтингде жоқары көрсеткишке еристи
Усы жылдың январь-февраль айларында Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен республикалық дәрежедеги 139 шөлкем ҳәм мәкеме, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм 206 район, қалалардың ҳәкимликлери баспасөз хаткерлериниң 2021-жылдың II ярым жыллығындағы жумысларының нәтийжелилиги үйренилди ҳәм Әдиллик министрлигинде дизимге алынған Режеге муўапық 10 тийкарғы критерия бойынша баҳаланды.

Рейтинг нәтийжелерине муўапық, Өзбекстан көлеминдеги 139 баспасөз хаткеринен 45 иниң жумысларының нәтийжелери жоқары деп баҳаланған болып, олар арасында 86,1 балл менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызметиниң баслығы Азамат Әжимуратов «ТОП-5»ликтен орын алған.

Республика бойлап 57 баспасөз хаткериниң жумыслары орташа, 33 и қанаатландырарлы, ал 4 еўиниң жумыслары төмен дәрежеде деп баҳаланған.

Соның менен бирге, район ҳәм қала ҳәкимликлери кесиминде 206 баспасөз хаткеринен 14 иниң жумыслары жоқары, 97 синики орташа, 75 иниң жумыслары қанаатландырарлы, 9 ының жумыс нәтийжелери төмен дәрежеде деп баҳаланды.

Соннан, Қарақалпақстан Республикасынан Төрткүл районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Манзура Бекчанова 86,4 балл менен, сондай-ақ, Хожели районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Бектурсын Хожанов 86,3 балл менен жоқары көрсеткишке ийе болды.

Рейтинг нәтийжелери бойынша Нөкис районы ҳәм Шоманай районы ҳәкимликлери мәлимлеме хызметлериниң жумыслары қанаатландырарлы, ал Нөкис қаласы ҳәм басқа районлар ҳәкимликлери мәлимлеме хызметлериниң жумыс нәтийжелери орташа деп баҳаланған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны