Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.03.2022 15:44
  • 647

Украинадан қайтқан студентлердиң оқыўын әпиўайыластырылған тәртипте көшириў басланды

Украинадан қайтқан студентлердиң оқыўын әпиўайыластырылған тәртипте көшириў басланды
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Украинадан республикалық жоқары оқыў орынларына оқыўын көшириў ҳаққындағы арзаларды қабыллаў бойынша шөлкемлестирилген аймақлық жумысшы топарлар ҳаққындағы мағлыўматты жәриялады.

Хабарда жазылыўынша, Украинадан қайтқан студентлердиң оқыўын 15-марттан баслап әпиўайыластырылған тәртипте көшириў басланды.

Президент Ш.Мирзиёев басшылығында 4-март күни өткерилген видеоселектор жыйналысында берилген тапсырмаға муўапық, Украинадан қайтып, оқыўын Өзбекстанда даўам еттириў нийетинде болған студентлердиң ҳүжжетлери аймақлық жумысшы топарлар тәрепинен қабыл етилмекте.

Бул процессте студентлер жасаў аймақларында шөлкемлестирилген жумысшы топарларға мүрәжат етиўи ҳәм толық мағлыўмат алыўы мүмкинлиги атап өтилген.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша аймақлық жумысшы топар Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилген болып, +99861 223 59 52, +99861 223 58 31 телефон номерлери арқалы қосымша мағлыўматларға ийе болыўыңыз мүмкин. Сондай-ақ, бул мәселеде министрликтиң +99871 207 16 57 телефон номерине де мүрәжат етиўге болады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, усы күнге шекем Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен Сыртқы ислер министрлигине усы мәселе бойынша мүрәжат еткен пуқаралар, соның ишинде, студентлердиң сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм жасаў аймақлары кесиминдеги дизими қәлиплестирилип, аймақлардағы жумысшы топарларға жиберилген.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко