Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.03.2022 13:00
  • 904

Майыплық напақасы ҳәм пенсиясының ең кем муғдары көбейтиледи

Майыплық напақасы ҳәм пенсиясының ең кем муғдары көбейтиледи
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Майыплығы болған адамларды ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2022-жыл 1-апрельден:

- мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм мийнет стажы толық болмаған жағдайдағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда 440 000 сумнан 622 000 сумға шекем көбейтиледи;

- өзгелердиң күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа толмаған балалардың тәрбиясы менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине ҳәр айда 500 мың сум муғдарында напақа төлеми (күтим напақасы) енгизиледи.

Күтим напақасы Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына (my.gov.uz) мүрәжат етиў тийкарында бюджеттен тысқары Пенсия қорының районлық (қалалық) бөлимлери тәрепинен тайынланады ҳәм төленеди.

Пәрманға муўапық, 2022-жыл 1-апрельден өзгелердиң күтимине мүтәж болған балалар ҳаққындағы, 2022-жыл 1-октябрьден өзгелер күтимине мүтәж балалардың нызамлы ўәкиллери ҳаққындағы мағлыўматлар бюджеттен тысқары Пенсия қорына электрон тәризде усынылып барылады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

    Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар: ➖ Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады; ➖ Мәмлекет

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны

Сиз неше саат уйқылайсыз?

Сиз неше саат уйқылайсыз?

    0-2 саат – бул аралықтағы уйқы дыққатты жәмлеўдиң қыйынласыўы ҳәм итибардың пәсейиўине алып келеди. 3-4