Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.04.2022 11:15
  • 615

Нөкисте туўылған нәресте өз ўақтында медициналық жәрдем көрсетилмегенлиги ақыбетинде шетнеп қалды. Прокуратура жынаят иси ашты

Нөкисте туўылған нәресте өз ўақтында медициналық жәрдем көрсетилмегенлиги ақыбетинде шетнеп қалды. Прокуратура жынаят иси ашты
Өткен жылдың 14-февраль күни Нөкис қаласында жасайтуғын пуқара Н.Ю.диң перзенти (қыз) дүньяға келип, 15-февраль күни саат 09:15 те усы нәрестениң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық перинаталь орайы шыпакерлери тәрепинен қайтыс болғанлығы дизимге алынып, саат 10:15 те патология бюросының хызметкерлерине берип жиберилген.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, патология бюросының хызметкерлери тәрепинен нәрестениң көкирек қуўыслығында анотомиялық кеспе кесилген ўақытта нәрестеде өмир белгилери анықланған болса да, оған биринши медициналық жәрдем көрсетилместен, Қарақалпақстан Республикасы перинаталь орайы шыпакерлери шақырылып, нәресте қайтарып берип жиберилген.

Ақыбетинде нәресте өз ўақтында зәрүр медициналық жәрдем көрсетилмегенлиги себепли қайтыс болған. Усы жағдай бойынша Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен өткен жылдың 6-апрель сәнесинде Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 116-статьясы 3-бөлими менен жынаят иси ашылған.

Жынаят исиниң дәслепки тергеў ҳәрекетлери даўамында тайынланған комиссиялық суд-медициналық экспертизасының 2021-жыл 26-октябрьдеги жуўмағында пуқара Н.Ю.диң перзентиниң өлимине әмелдеги стандартларға муўапық реанимациялық жәрдем-өкпениң жасалма вентиляциясы, сурфактант ҳәм зәрүр дәрежеде қаралмағанлығы және патолого-анатомиялық изертлеў мақсетинде тири нәрестеде өткерилген анотомиялық кеспе-жарақат себеп болғанлығы, стандартларға муўапық емлеў илажлары өткерилген жағдайда нәрестениң өмирин сақлап қалыўдың имканы болғанлығы көрсетип өтилген.

Жоқарыдағы жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық перинаталь орайы нәрестелердиң реанимация бөлими баслығы лаўазымында ислеген А.Д., усы орайдың неонатолог шыпакери болып ислеген С.Р. ҳәм Қарақалпақстан Республикасы патология-анатомиялық бюросы патология-анатом шыпакери К.Г.лар Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 116-статьясы 3-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыпланыўшы сыпатында жынаят исине шақыртылған.

2021-жылдың 4-декабрь күни жынаят иси бойынша дәслепки тергеў ҳәрекетлери жуўмақланып, айыпланыўшыларға мәлим етилген ҳәм сол күни жынаят иси ҳүжжетлери айыпланыўшыларға танысып шығыў ушын усынылған. Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судына Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 388-статьясына муўапық мазмуны жағынан көрип шығыў ушын жиберилген.

«Бул ис ҳәзирги ўақытта жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық суды тәрепинен көрип шығылмақта»,-деп хабар берди Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы мәлимлеме хызмети.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

    Басыңызды жыллы тутың: Бас арқалы денеден ыссылық ең көп жойтылады. Бас кийим болса бул ыссылықты

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят