Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.04.2022 10:20
  • 617

«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды

Алдын хабар бергенимиздей, 15-апрель күни Ташкент қаласында «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының жеңимпазларын сыйлықлаў салтанатлы болып өтип, онда қарақалпақстанлы талантлы жаслар – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының 4-курс студенти, жас жыраў Дәўранбек Ендирбаев ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры балет артисти Жанар Төреева «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары сыпатында статуэтка ҳәм диплом менен сыйлықланған еди.

Кеше, 17-апрель күни Нөкис темир жол вокзалында усы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды.

Илажға институт ҳәм театр жәмәәти, жаслардың устазлары, ата-аналары, жақын ағайин-туўысқанлары, дослары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күтип алыў мәресиминде лауреатлардың устазлары сөзге шығып, олардың қолға киргизген табыслары менен қутлықлады ҳәм алдағы дөретиўшилик жумысларында табыслар тиледи.

- Бул сыйлық мени еле де өз үстимде ислеп, жаңа шоққыларға, нәтийжелерге қарай бағдарлайды. Маған исеним билдирип, қоллап-қуўатлаған устазларым, ата-анам, жақынларым, сондай-ақ, институт жәмәәтине терең миннетдаршылық билдиремен. Келешекте ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған жыраўшылық көркем өнерин буннан былай да раўажландырып, дүнья жүзине алып шығыўға, келешек әўладларға мийрас болып жетип барыўына бар күш-жигеримди жумсайман, - дейди жас жыраў Дәўранбек Ендирбаев.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.

«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды
«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды
«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды
«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды
«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды
«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды
«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды
«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды
«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары салтанатлы түрде күтип алынды

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко