Telegram karinform

Қарақалпақстан

  • 25.04.2022 16:00
  • 629

Ўәлаятларда Қарақалпақстан Республикасының «Мәденият күнлери» илажлары өткериледи

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң «Karinform.uz»ға берген мағлыўматына қарағанда, усы жыл даўамында ўәлаятларда Қарақалпақстан Республикасының «Мәденият күнлери» илажларын өткериў жобаластырылған.

 

Онда қарақалпақстанлы белгили жазыўшы ҳәм шайырлар менен ушырасыўлар, көркем өнер тараўы ўәкиллериниң қатнасыўында концерт бағдарламалары өткерилиўи белгиленген.

 

Жобаға муўапық, Қарақалпақстан Республикасының «Мәденият күнлери» апрель айында Бухара ўәлаятында, май айында Ташкент қаласында, июнь айында Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларында, август айында Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында, сентябрь айында Қашқадәрья, октябрь айында Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында өткериў жобаластырылған.

 

Илажлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-февраль күнги «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-112-санлы қарары ҳәм усы қарар менен тастыйықланған «2022-жылда аймақлардағы мәденият мәкемелери тәрепинен өз ара принципи тийкарында басқа аймақларға гастроль сапарларын, аймақтың «Мәденият күнлери» илажларын шөлкемлестириў жоба-кестеси»не муўапық әмелге асырылады.

 

Сахибжамал Есемуратова,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул