Telegram karinform

Қарақалпақстан

  • 28.04.2022 19:00
  • 1252

Қарақалпақстанлы жас талант ийеси Жанар Төреева «Лазги» халықаралық фестивалында қарақалпақ миллий аяқ-ойынын атқарып шықты

 

«Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры балет артисти Жанар Төреева Хорезм ўәлаяты Хийўа қаласында өткерилип атырған «Лазги» халықаралық аяқ-ойын фестивалына қатнаспақта.

 

- Халықаралық фестивальда ең биринши қатнасыўшы сыпатында сахнаға шықтым. Менде ҳәм қуўаныш, ҳәм бираз толқынланыў сезимлери болды, соның менен бирге, бул маған үлкен жуўапкершилик жүкледи. Дәслеп қарақалпақ миллий аяқ-ойыны болған «Суўға барған қыз» ойынын атқарып шықтым. Бул аяқ-ойынды устазым, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери Айжамал Төлегенова сахналастырып берди. Сондай-ақ, фестивальда өзбек халық ойыны «Муножот»ты да атқардым,-дейди Жанар биз бенен сәўбетте.

 

 

Фестивальда Өзбекстан, Тәжикстан, Қазақстан, Босния ҳәм Герцеговина, Мыср, Иран, Франция, Индонезия, Болгария, Россия сыяқлы мәмлекетлерден келген көркем өнер шеберлериниң сахналық шығыўларын халықаралық дәрежедеги төрешилер қурамы баҳалап бармақта.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, қарақалпақстанлы жас талант ийеси Жанар Төреева усы жылдың 10-апрель күни Ташкент қаласында болып өткен сайлап алыў басқышында сыйлы үшинши дәрежели дипломды қолға киргизип, «Лазги» халықаралық аяқ-ойын фестивалына жоллама алған еди.

 

 

Фестивальдың жуўмағы усы жылдың 29-апрель күни жәрияланады.

 

Биз Жанар Төрееваға әўмет яр болыўын тилеп қаламыз!

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет