Шыпакер Нозима Ўринова төмендеги бир қатар кеселлик пенен кеселленген наўқаслар қәўипсизлик белбеўин тақпаўы мүмкинлиги ҳаққында айтып өтти:
Омыраў ҳәм төс сүйегиниң сыныўы, өкпениң обструктив кеселлениўиниң 4-басқышы, бронхиал астманың 4-басқышы, өкпениң бир бөлеги алып тасланғанлығы;
Созылмалы жүрек жетиспеўшилигиниң 3-басқышы менен кеселленгенлер ҳәм созылмалы кеселликлердиң декомпенсация басқышындағы наўқасларға қәўипсизлик ременин тақпаўға руқсат берилген.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленген кеселликлер дизимине муўапық, бул кеселликлер менен кеселленгенлиги бойынша медициналық мағлыўматнама болыўы талап етиледи.
Перуза Якупбаева