Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Уламалар Кеңеси Рамазан ҳайытының дәслепки күни 2-майға туўры келиўи ҳаққында қарар қабыл етти. Соған тийкарланып, Президенттиң қарары жәрияланды. Оған муўапық, 3-4-май күнлери қосымша дем алыс күнлери сыпатында белгиленди.