2022-жылдың январь-март айларындағы мағлыўматларға муўапық, Қарақалпақстан Республикасында жалпы аймақлық өним көлеми 3,7%ке өсти ҳәм 5 689,2 млрд сумды қурады. Жалпы аймақлық өнимниң өсиўи аўыл, тоғай ҳам балықшылық хожалықларында 101,2 %, санаатта 101,8 %, қурылыста 101,0 %, хызмет көрсетиў тараўында 106,2 % ти қурады. Халықтың жан басына жалпы аймақлық өним 2,3% ке өсип, 2 914,4 мың сумды қурады.