Telegram karinform

Мәденият

  • 17.05.2022 13:00
  • 821

«Дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша ең белсенди үгит-нәсиятшы» таңлаўында Нөкис районлы үгит-нәсиятшы жеңимпаз болды

фото: UzA

 

   2022-жылдың 15-16-май күнлери Ташкент қаласында Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында болып өткен «Дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша ең белсенди үгит-нәсиятшы» таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы болып өтти.

   Таңлаў Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы менен биргеликте шөлкемлестирилген. Республикада дәслепки мәрте өткерилип атырған таңлаўға қалалық, ўәлаятлар ҳәм районлық басқышларында жәми 7 мыңнан аслам үгит-нәсиятшы қатнасты. Соңғы басқышта 28 үгит-нәсиятшы өз-ара беллесип, онда Нөкис районы 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң үгит-нәсиятшысы Ибрайымова Гөззал сыйлы екинши орынды ийеледи.

 

фото: Aqmańǵıt News

 

   Таңлаў жеңимпазлары қымбатбаҳалы саўғалар – китаплар топламы, диплом, пул сыйлықлар менен хошаметленди. Буған қосымша, таңлаўдың жеңимпазлары ушын Жаңа Өзбекстан, Жеңис бағы, Ташкент-Сити, Темурийлер тарийхы музейи сыяқлы бир қатар орынларға саяхат шөлкемлестириледи.

 

Сахибжамал Есемуратова

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...