Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Медицина мәкемелериниң хызметкерлерин материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўди күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, 2022-жыл 1-июньнан баслап мәмлекетлик медицина мәкемелериниң медицина, фармацевтика ҳәм басқа хызметкерлериниң айлық лаўазымлық мийнет ҳақылары:
- жоқары ҳәм биринши қәнигелик категорияларына ийе болған медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери ушын – 15 процентке;
- екинши қәнигелик категориясы ҳәм категорияға ийе болмаған, сондай-ақ, басқа медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери ушын – 10 процентке;
- медицина мәкемелериниң басқа хызметкерлери ушын – 15 процентке көбейтиледи.
Сондай-ақ, пәрман тийкарында, 1-июньнан баслап:
- жоқары ҳәм биринши қәнигелик категорияларына ийе болған медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерине 15 процентке шекем;
- жаңа жумыс баслаған потенциаллы жас шыпакерлер 1 миллион сумға шекем;
- шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, поликлиникаларда ислейтуғын шыпакерлерге 30 процентке шекем;
- жоқары технологиялық қурамалы операцияларды орынлаған шыпакер-хирургларға 25 процентке шекем үстеме бериледи.
Соның менен бирге, 2022-жыл 1-июньнан баслап ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан, сырт мәмлекетлерден Қарақалпақстан Республикасының Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңырат районларына барып ислейтуғын шыпакерлердиң айлық лаўазымлық мийнет ҳақысына дәслепки үш жыл даўамында 100 процент, Мойнақ районында болса 200 процент муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме төлемлери мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төлениўи белгиленген.
Медицина хызметкери усы үстемени алыў ушын басқа аймақта кеминде еки жыл ислеген ҳәм кеминде екинши дәрежели қәнигелик категориясына ийе болыўы керек.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.