Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2022 17:00
  • 655

«Автомобиль тарийхы» хызмети жолға қойылды

 

Ҳүкиметлик қарарға муўапық, 2022-жыл 1-майдан баслап:

 

«Автомобиль тарийхы» мағлыўматларын шәртнама тийкарында Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) ямаса веб-сайтлар ҳәм олардың мобиль қосымшалары арқалы анықлаў бойынша мәмлекетлик хызмет жолға қойылды.

 

Автотранспортты техникалық тексериўден өткериў процесинде автотранспорттың басып өткен жолы ҳаққындағы мағлыўматлар, соның ишинде, техникалық тексериўден өткериўши исбилерменлер тәрепинен де мәжбүрий тәртипте мәлимлеме системасына киргизиледи.

 

«Автомобиль тарийхы» мағлыўматлары төмендегилерди өз ишине алады:

 

– автотранспорттың агрегат мағлыўматлары;

– басып өткен аралығы;

– шәртнама дүзилгенлигине байланыслы мағлыўматлар (исеним хат, ижара, саўға);

– жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бергенлиги;

– қағыйдалар жағдайы;

– гиреўге қойылғанлық жағдайы;

– шеклеў бар ямаса жоқ екенлиги;

– бажыхана рәсмийлестириўине байланыслы мағлыўмат;

– лицензия алынғанлық жағдайы (жолаўшы тасыў ушын).

 

Мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын сораўнама толтырылады (Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы, веб-сайт ямаса мобиль қосымша арқалы).

 

Мәмлекетлик хызмет ушын базалық есаплаў муғдарының 10 проценти (27 мың сум) муғдарында жыйым өндириледи.

 

Мансур Туракбаев,

Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

    Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 829-санлы қарарына муўапық, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында Бас прокуратура, Мәмлекет қәўипсизлик

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен