Усы жылдың 25-27-май күнлери Россия Федерациясындағы Қазан федераль университетинде «XXI әсирде оқытыўшының билимин, қәнигелигин жетилистириў ҳәм денсаўлығын сақлаў» атамасында педагогикалық билимлендириў бойынша VIII Халықаралық форум (International Forum on Teacher Education – IFTE) болып өтти.
Кең масштабда өткерилген илажға 30 ға шамалас мәмлекетлерден илимпазлар, жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларының басшылары ҳәм ўәкиллеринен ибарат делегациялар қатнасты.
Форум шеңберинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Байрамбай Отемуратов басшылығындағы делегация ағзалары Қазан федераль университетинде болды.
Институт делегациясы университет инфраструктурасы менен танысып, «Биз биргемиз» балалар бақшасы, университет тарийхы музейин көзден өткерди.
Университеттиң сыртқы байланыслар бойынша проректоры Тимирхан Алишев пенен болған ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Қазан федераль университетиниң тийкарғы бағдарлары биомедицина, геология ҳәм нефть-газ технологиялары, материалтаныў, санлы технологиялар ҳәм педагогика болып, проректор Т.Алишев институт делегациясына ҳәр бир баслы бағдар бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Өз гезегинде, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Б.Отемуратов Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстанда педагог кадрлар таярлаўда институттың тутқан орны, бүгинги күнде тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери, алдағы ўақытларда бирге ислесиў бағдарлары ҳаққында атап өтти.
Ушырасыў барысында физика, химия ҳәм биология бойынша профессор-оқытыўшылар алмасыў мәселесине қызығыўшылық билдирилип, алдағы әмелий жумыслар келисип алынды.
Илаж соңында еки жоқары оқыў орны арасында бирге ислесиў бойынша ҳүжжетлерге қол қойылды.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.