Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда шайырдың 70 тен аслам қосық ҳәм поэмалары орын алған. Китап Саят Авезқиличева тәрепинен аўдарма исленген.
«Ebedi şygyrlar» атамасындағы бул китаптың таярланыўында Қарақалпақстан түркмен миллий-мәдений орайы қәўендерлик еткен. Ол Хорезм ўәлаятында 100 экземпляр болып баспадан шықты.
Мағлыўмат ушын, Саят Авезклычева Давлетмаммет Азады атындағы түркмен миллий жәҳән тиллери университетин питкерген ҳәм ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студентлерге сабақ берип келмекте. Ол буннан басқа
«Түркий халықлар әдебияты», «Сөйлеў мәденияты» сыяқлы методикалық оқыў-қолланбаларының ҳәм түркмен фольклорына, классик әдебиятына және дәстанларға арналған бирнеше мақалалардың авторы.