Бүгин, 8-июнь күни саат 03:14 те Төрткүл районы «Ақ қамыс» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өткен А-380 автомагистраль жолының 555-километринде Ташкент қаласынан Нөкис қаласына салонында 55 жолаўшы ҳәм 2 транспорт басқарыўшысы менен ҳәрекетленип баратырған «YUTONG» маркалы жолаўшы тасыўшы автобуста өрт келип шыққаны ҳаққында районлық Айрықша жағдайлар бөлимине хабар келип түскен.
Хабарға тийкарланып, еки өрт-қутқарыў экипажы саат 03:40 та ўақыя орнына жетип барып, өрт саат 04:15 те өширилген.
Өрт ақыбетинде автобус толық өртенип кетип, зыянланған.
Өрттиң келип шығыўына электр сымларының қысқа тутасыўы себеп болғанлығы болжанбақта.
Өзбекстан Айрықша жағдайлар министрлигиниң мәлим етиўинше, ўақыя ақыбетинде ҳеш ким дене жарақатын алмаған, қайтыс болғанлар жоқ.
Хабарда жазылыўынша, өрт жүз жерген орынға ең жақын болған өрт өшириў бөлими шама менен 45 километр ара қашықлықта болған.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.