Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.03.2025 15:42
  • 118

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти


 

ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған.

Айрықша жағдайлар министрлиги Нөкис қаласында жүк машинасы менен жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ҳаққында мағлыўмат берди. Атап өтилиўинше, 14-март күни саат 03:05 те Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы М.Нурмуҳаммедов көшесинде МАН маркалы пропан газ тасыўшы жүк автомобили айдаўшысы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бергени ҳаққында АЖБға хабар келип түскен.

Хабарға бола, Айрықша жағдайлар министрлиги қутқарыўшылары айтылған мәнзилге жетип барып, арнаўлы техника ҳәм қутқарыў қураллары жәрдеминде оператив түрде көрилген илажлар себепли жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайдың алды алынған.

«Ҳәдийсе ақыбетинде қайтыс болғанлар ҳәм дене жарақатын алғанлар жоқ», – делинеди хабарда.

Social

Усыныс етемиз

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Уқсас жаңалықлар

Нөкисте бүгин -16,2 дәрежеге шекем суўық бақланды

Нөкисте бүгин -16,2 дәрежеге шекем суўық бақланды

    3-декабрь сәнеси ушын бундай төмен дәрежедеги ҳаўаның температурасы соңғы 77 жылда рекорд дәрежеге жетти.   Нөкис

1938-жыл 13-октябрь – қарақалпақ зиялылары қурбан болған күн

1938-жыл 13-октябрь – қарақалпақ зиялылары қурбан болған күн

    Бурынғы аўқам дәўиринде Қарақалпақстанда мәмлекетик басшылар, жумысшылар, руўхый-ағартыўшылық жолында пидайылық көрсеткен қарақалпақ халқының бирнеше мыңлаған

Физикалық имканияты шекленбегенлер ушын өмир бәндиргиси

Физикалық имканияты шекленбегенлер ушын өмир бәндиргиси

    Өмир - бул басып өткен жолымыз, тарыйхымыз, ертеңги киятырған нурлы келешегимиз ҳәм имканиятларға толы бүгинги