Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 19-январьдағы «Шет тиллерин үйрениўди жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 34-санлы қарарына муўапық, Өзбекстандағы 6 жоқары оқыў орнына кириўде шет тилинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилиўи белгиленген.
Қарарға муўапық, 2022-2023-оқыў жылы қабыллаўынан баслап шет тиллери бойынша кадрлар таярлаўға қәнигелестирилген:
– Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети;
– Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институты;
– Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетиниң
пәнлер комплексине шет тили биринши пән сыпатында киргизилген бакалавриат тәлим бағдарларына, сондай-ақ:
– Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети;
– Қоқанд мәмлекетлик педагогикалық институты;
– Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының
шет тиллери бойынша педагогларды таярлайтуғын бакалавриат тәлим бағдарларына кириў имтиханларында шет тили пәнинен тыңлап түсиниў, оқыў, жазыў ҳәм сөйлеў компетенцияларын анықлаў және баҳалаўға бағдарланған кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткериледи.
Имтихан 2 саат 45 минут даўам етеди ҳәм төмендеги бөлимлерден ибарат болады:
1-бөлим: Тыңлап түсиниў (45 минут/5 бөлим/30 сораў)
2-бөлим: Оқыў (60 минут/5 бөлим/30 сораў)
3-бөлим: Жазыў (45 минут/2 тапсырма/30 балл)
4-бөлим: Сөйлеў (15 минут/3 бөлим/30 балл).
Шет тили пәнинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен әмелге асырылады.
Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтына кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан форматы (барлық тиллер ушын) ҳәм тест үлгилери (инглис тилинен) орналастырылған болып, олар менен төмендеги силтемелер арқалы танысыўыңыз мүмкин:
Силтеме: https://dtm.uz/page/format_kasbiy
Силтеме: https://dtm.uz/page/test_namunalari_kasbiy
Ислам Матеков,
Karinform.uz.