Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.06.2022 19:00
  • 753

Академиялық лицейлерге онлайн тәризде ҳүжжет қабыллаў басланды

 

Бүгин, 20-июньнан баслап 2022-2023-оқыў жылы ушын академиялық лицейлерге улыўма билим бериў мектеплериниң 9-класс оқыўшыларынан ҳүжжетлерди litsey.edu.uz порталы арқалы онлайн тәризде қабыллаў процесслери басланды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

 

Абитуриентлер дизимнен өтиў процесинде системаға жеке мағлыўматларын киргизиў менен бирге төмендеги ҳүжжетлерди электрон формада (PDF, JPEG) жүклеўи керек:

 

- быйылғы жылы 9-классты питкергени ҳаққындағы аттестат;

- 3,5 х 4,5 см өлшемдеги 1 дана реңли фотосүўрет;

- оқыўға жеңилликли кириў ҳуқықын беретуғын ҳүжжетлер – пән олимпиадасы, таңлаўлар, жарыс жеңимпазы екенлигин тастыйықлайтуғын диплом, сертификат, гүўалық, сондай-ақ, шет тили ҳәм улыўма билим бериў пәнлерин билиў дәрежеси ҳаққындағы миллий ямаса халықаралық сертификат (егер болса).

 

Абитуриентлер дизимнен өтиўде:

 

- өзлери сайлаған онға шекемги академиялық лицейдиң биреўден сәйкес бағдарын сайлаўы (бунда билимлендириў тили бирдей болыўы керек);

- қайсы шет тилинен кириў тест сынағын тапсырыўын белгилейди.

 

Сондай-ақ, абитуриент өзи сайлаған аймақта (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардың орайы ямаса Ташкент қаласында) шөлкемлестирилетуғын кириў тест сынақларында қатнасады.

 

Қабыллаў процесслери менен байланыслы қосымша мағлыўматларды академиялық лицейлерде шөлкемлестирилген «Мәсләҳәт орайлары»ның телефон номерлери арқалы билип алыўыңыз мүмкин.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети жанындағы академиялық лицей ушын ҳүжжетлер litsey.dtm.uz сайты арқалы қабылланады.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети