Социаллық тармақларда жәрияланған Мойнақ районындағы «Қазақдәрья» каналында суў муғдарының аз екенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы төмендегилерди мәлим етти.
Мәлим етилиўинше, атап өтилген жағдай Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм Мойнақ районлық Ирригациялық бөлиминиң қәнигелери қатнасыўында үйренилип, унамлы шешилген.
Яғный, Әмиўдәрья дәрьясындағы «Байхожа» суў бөлистириўши қурылмасынан «Қазақдәрья» каналына секундына 2 метр куб суў жиберилиўи тәмийинленип, каналдан насослар жәрдеминде ишки хожалықларға суў жеткерип бериў жолға қойылған.
Karinform.uz.